wayground logo

Free Printable Worksheets

NEW

Font size

S
M
L
XL
Worksheets

КОНСТИТУЦИЯ

Total questions: 12

Worksheet time: 12mins

Name
Class
Date
1.

Конституцияның биринши бөлими қалай аталады?

a)

Нызам үстемлиги

b)

Адам ҳуқықлары еркинликлери

c)

Негизги принциплер

d)

Мемлекет суверентитети

 

2.

Конституцияның 3 статьясы қалай аталады?

a)

Мәмлекет халық күш жигерин сәўлелендирип, оның мәплерине хызмет қылады. Мәмлекет органлары ҳәм лаўазымлы шахыслар жәмийет ҳәм пуқаралар алдында жуапкер.

b)

Өз Рес өзиниң миллий мәмлекет ҳәм ҳәкимшилик аймақлық дүзилисин, мәмлекет ҳәкимияты органларының системасын белгилейди  

c)

Негизги принциплер

d)

Өзбекстан халқын миллетинен қатий нәзер, Өзбекстан Рес         пуқаралары қурайды

 

3.

Өзбекистан Республикасы Конституциясының II – бабы қалай аталады?

a)

Негизги принциплер.

b)

Конституция ҳәм нызам үстинлиги 

c)

Халық ҳәкимиятшылығы  

d)

Сыртқы сиясат

4.

Жәмийет ҳәм мәмлекет өмириниң ең әҳмийетли мәселелери халық муҳокамасына усынылады, улыўма халықлық даўысқа – референдумға қойылады. Өзбекистанда референдум өткериў тәртиби нызам менен белгиленеди. Нешинши статьяға тийисли?

a)

9

b)

10

c)

7

d)

11

5.

Өзбекистан Республикасы Конституциясының 10 – статьясы  қалай аталады?

a)

Жәмийет ҳәм мәмлекет өмириниң ең әҳмийетли мәселелери халық муҳокамасына усынылады, улыўма халықлық даўысқа – референдумға қойылады. Өзбекистанда референдум өткериў тәртиби нызам менен белгиленеди.

b)

Мәмлекет халық күш жигерин сәўлелендирип, оның мәплерине хызмет қылады. Мәмлекет органлары ҳәм лаўазымлы шахыслар жәмийет ҳәм пуқаралар алдында жуапкер.

c)

Өзбекистан халқы атынан тек ол сайлаған Өзбекистан Рес Олий Мажлиси ҳәм Президенти жумыс алып барыўы мүмкин. Жәмийеттиң бир бөлими, сиясий партия, жәмәәт бирлеспелери, социаллық ҳәрекет яки айрықша шахс Өзбекистан халқы атынан жумыс алып барыўға ҳақлы емес

d)

Өзбекистан Рес мәмлекет ҳәкимиятының системасы – ҳәкимияттың нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм  суд ҳәкимиятына бөлиниў принципине тийкарланады

6.

Өзбекистан Республикасы Конституциясының III – бабы қалай аталады?

a)

Улыўма қағыйдалар.

b)

Конституция ҳәм нызам үстинлиги 

c)

Халық ҳәкимиятшылығы 

d)

Сыртқы сиясат

7.

Өзбекистан Республикасы  Конституциясының 15 – статьясы қалай аталады?

a)

Өзбекистан Республикасында Өзбекистан Республикасы  Конституциясы ҳәм нызамларының үстинлиги сөзсиз тән алынады. Өзбекистан Республикасы  Конституциясы мәмлекеттиң пүткүл аймағында жоқары юридик күшке ийе, турыдан – туры әмел қылады ҳәм бирден бир ҳуқықый мәканның тийкарын қурайды.

b)

Өзбекистан Республикасы  Конституциясының ҳеш бир қағыйдасы Өзбекистан Республикасының ҳуқық ҳәм мәплерине, усы Конституцияның биринши бөлиминде нәзерде тутылған тийкарғы принцип ҳәм нормаларға зыян жеткеретуғын ҳалда талқын етилиўи мүмкин емес.

c)

Өзбекистан халқы атынан тек ол сайлаған Өзбекистан Рес Олий Мажлиси ҳәм Президенти жумыс алып барыўы мүмкин. Жәмийеттиң бир бөлими, сиясий партия, жәмәәт бирлеспелери, социаллық ҳәрекет яки айрықша шахс Өзбекистан халқы атынан жумыс алып барыўға ҳақлы емес

d)

Өзбекистан Рес мәмлекет ҳәкимиятының системасы – ҳәкимияттың нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм  суд ҳәкимиятына бөлиниў принципине тийкарланады

 

8.

Өзбекистан Республикасы Конституциясының IV – бабы қалай аталады?

a)

Улыўма қағыйдалар.

b)

Конституция ҳәм нызам үстинлиги 

c)

Халық ҳәкимиятшылығы 

d)

Сыртқы сиясат

9.

Өзбекистан Республикасы Халықаралық қатнасықлардың толық ҳуқықлы субьекти. Өзбекистан Республикасының сыртқы сиясаты мәмлекетлердиң суверен теңлиги, күш ислетпеў   яки күш пенен қәўип салмаў, шегаралардың бузылмаўы, мәмлекетлердиң аймақлық бирлиги, басқа мәмлекетлердиң ишки ислерине араласпаў принциплерине ҳәмде халық аралық ҳуқықтың атап өтилген принцип ҳәм нормаларына тийкарланады. Келтирип өтилген статья Өзбекистан Республикасы Конституциясының нешинши статьясына тийисли?

a)

16

b)

10

c)

17

d)

11

10.

Өзбекистан Республикасы Конституциясының II – бөлими қалай аталады?

a)

Улыўма қағыйдалар.

b)

Инсан ҳәм пуқаралардың тийкарғы ҳуқықлары еркинликлери ҳәм мәжбүриятлары 

c)

Жәмийет ҳәм шахс 

d)

Ҳәкимшилик – аймақлық ҳәм мәмлекет дүзилиси

11.

Өзбекистан Республикасы Конституциясының 19 статьясы  қалай аталады?

a)

Өзбекистан Республикасында инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери халық аралық ҳуқықтың нормаларына тийкар ҳәмде усы Конституцияға муапық атап өтиледи ҳәм кепилленеди. инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери ҳәр кимге туылғаннан баслап бериледи. Өзбекистан Республикасында барлық пуқаралар бир қыйлы ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе болып, жынысы, миллети, тили, дини, социаллық келип шығыўынан қатий нәзер, нызам алдында тең. Ымтыязлар тек нызамға муапық белгиленеди ҳәм социаллық әдалат принциплерине сәйкес болыўы шәрт.

b)

Өзбекистан халқы атынан тек ол сайлаған Өзбекистан Рес Олий Мажлиси ҳәм Президенти жумыс алып барыўы мүмкин. Жәмийеттиң бир бөлими, сиясий партия, жәмәәт бирлеспелери, социаллық ҳәрекет яки айрықша шахс Өзбекистан халқы атынан жумыс алып барыўға ҳақлы емес

c)

Өзбекистан Рес мәмлекет ҳәкимиятының системасы – ҳәкимияттың нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм  суд ҳәкимиятына бөлиниў принципине тийкарланады

d)

Өзбекистан Республикасы пуқарасы ҳәм мәмлекет бир бирине өз ара ҳуқық ҳәм мәжбүриятлар менен байланыслы. Инсанның  Конституция ҳәм нызамларда беккемлеп қойылған ҳуқық ҳәм еркинликлери қәўипсиз ҳәмде олардан суд қарарысыз айырыўға яки шеклеп өтиўге ҳеш ким ҳақлы емес.

12.

Ҳәр ким тәлим алыў ҳуқықына ийе. Мәмлекет үзликсиз тәлим системасы, оның ҳәр қыйлы формалары, мәмлекет ҳәм мәмлекетлик емес тәлим шөлкемлери раўажланыўын тәмийнлейди. Мәмлекет мектепке шекм тәлим ҳәм тәрбияны раўажландырыў ушын шарият жаратады. Мәмлекет бийпул улыўма орта тәлим ҳәм басланғыш профессионал тәлим алыўды кепиллейди. Тәлим шөлкемлеринде айрықша тәлим ықтыяжларына ийе болған балалар ушын инклюзив тәлим ҳәм тәрбия тәминленеди.

Келтирип өтилген статья Өзбекистан Республикасы Конституциясының нешинши статьясына тийисли?

a)

51

b)

47

c)

50

d)

41